Category Archives: Jańalıqlar

Қарақалпақ мәмлекетлик қуўыршақ театрында Қарақалпақстан Республикасы Қорғау басқармасы хызметкерлерине спектакль қойып берилди

2021 жылы 23 -февраль сәнесинде Қарақалпақ мәмлекетлик қуўыршақ театрына Қарақалпақстан Республикасы Қорғау басқармасы биринши айрықша баталёны хызметкерлери нәзерине М.Бегимов инсценировкасы хәм режиссёрлығында саҳналастырылған “Шын елиниң даңқын шығарған гөззал ҳаққында сөз” (Алишер Наўайының ғәзеллеринен пайдаланылған) атлы спектакли усынылды. Спектакль тамашагөйлер тәрепинен жақсы күтип алынды.

Спектакллерди бийпул тамашалаўды қәлесеңиз «БИЗИҢ ТЕАТР»ға мәрҳамат.

Бәрше театр ықласбентлериниң дыққатына. Қарақалпақ Мәмлекетлик қуўыршақ театры усы жылдың 21-27-март күнлери аралығында «Театр тамашалары ҳәптелиги» шеңберинде бир ҳәпте даўамында театрымызда ашық есиклер күнлери өткерилиўи көзде тутылған. Бунда театрға келиўши тамашагөйлер нәзерине театр фойесинде ашық түрде театр художниклериниң өзлери тәрепинен сызылған жеке түрдеги сүўретлеринен ибарат “Театр мениң өмиримде” атлы көргизбеси өткекриледи. ҳәпте даўамында белгиленген реже… Read More »