Актёр актёр емес, өз үстинде ислеген актёр!
2018-жыл мениң ушын әўметли жыл болды, Себеби Ташкент қаласында өткерилген Республика қуўыршақ театрларының XI көрик фестивалында М.Бегимовтың қарақалпақ халық дәстаны тийкарында жазылған “Қырық қыз” спектакли менен театр жәмәәти қатнасып сыйлы үшинши орынды алыўға еристи. Театрдың жетискенлиги бул актёрлардың, кәсиплеслеримниң қуўанышының бир бөлеги, – дейди театр актёры Шынғыс Алламбергенов қәсибинен мақтанышлы түрде. Ш.Алламбергенов театрда ислеген жыллары… Read More »