Улыӯма халықлық наӯрыз байрамына таярлық

Қарақалпақ мәмлекетлик қуўыршақ театрында улыӯма халықлық наӯрыз байрамына бағышланған «Наӯрызым-жаңа қүниң, жаңа даӯраның мүбарек, жанажан Өзбекстан!» атлы театрластырылған әдебий музыкалы хареографиялық байрам тамашасына таярлық жумыслары алып барылмақта.

8-март хаял-кызлар байрамына багышланган концерт багдарламасы

2021-жыл 5-март сәнесинде Қарақалпак мәмлекетлик қуўыршақ театрында “Халық-аралық ҳаял қызлар байрамы”на бағышланған байрам тамашасы болып өтти. Дәслеп театр ер азаматлары ҳаял қызларды байрам менен қутлықлап, соң өзлери тәрепинен саҳналастырылған театрластырылған концерт бағдарламасын дауам етти. Концерт соңында бәрше ҳаял қызларға байрам сауғалары тапсырылды.    

Қарақалпақ мәмлекетлик қуўыршақ театры Нөкис “Мүриўбет” ҳаяллар интернат үйинде қайырхомлық концерт бағдарламасы өткерилди

2021 жылы 26-февраль сәнесинде Қарақалпақ мәмлекетлик қуўыршақ театры Нөкис “Мүриўбет” ҳаяллар интернат үйинде қайырхомлық концерт бағдарламасын өткерди ҳәм тамашагөйлерге И.Джуманиязованың “Сыйқырланған сарай маликасы” атлы театрластырылған спектакли қойып берилди. Спектаклден соң театр дөретиўши жәмәәтинен Ш.Алламбергенов, М.Полатов ҳәмде А.Собировлар концерт дәстүрин даўам еттирди                

Қарақалпақ мәмлекетлик қуўыршақ театрында Қарақалпақстан Республикасы Қорғау басқармасы хызметкерлерине спектакль қойып берилди

2021 жылы 23 -февраль сәнесинде Қарақалпақ мәмлекетлик қуўыршақ театрына Қарақалпақстан Республикасы Қорғау басқармасы биринши айрықша баталёны хызметкерлери нәзерине М.Бегимов инсценировкасы хәм режиссёрлығында саҳналастырылған “Шын елиниң даңқын шығарған гөззал ҳаққында сөз” (Алишер Наўайының ғәзеллеринен пайдаланылған) атлы спектакли усынылды. Спектакль тамашагөйлер тәрепинен жақсы күтип алынды.