Category Archives: Uncategorized

8-март хаял-кызлар байрамына багышланган концерт багдарламасы

2021-жыл 5-март сәнесинде Қарақалпак мәмлекетлик қуўыршақ театрында “Халық-аралық ҳаял қызлар байрамы”на бағышланған байрам тамашасы болып өтти. Дәслеп театр ер азаматлары ҳаял қызларды байрам менен қутлықлап, соң өзлери тәрепинен саҳналастырылған театрластырылған концерт бағдарламасын дауам етти. Концерт соңында бәрше ҳаял қызларға байрам сауғалары тапсырылды.    

Қарақалпақ мәмлекетлик қуўыршақ театры Нөкис “Мүриўбет” ҳаяллар интернат үйинде қайырхомлық концерт бағдарламасы өткерилди

2021 жылы 26-февраль сәнесинде Қарақалпақ мәмлекетлик қуўыршақ театры Нөкис “Мүриўбет” ҳаяллар интернат үйинде қайырхомлық концерт бағдарламасын өткерди ҳәм тамашагөйлерге И.Джуманиязованың “Сыйқырланған сарай маликасы” атлы театрластырылған спектакли қойып берилди. Спектаклден соң театр дөретиўши жәмәәтинен Ш.Алламбергенов, М.Полатов ҳәмде А.Собировлар концерт дәстүрин даўам еттирди                

Тилеўберген Жумамуратовтың 106 жыллық юбелейи

2021 жыл 18-февраль сәнесинде Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик академиялық  музыка театрында Өзбекистан ҳәм Қарақалпақстан халық шайыры Бердақ атындағы мәмлекетлик сыйлықтың лауреаты Тилеўберген Жумамуратовтың 106 жыллық юбелейине арналып өткерилген еске тусириў кешесинде Қарақалпақ мәмлекетлик қуўыршақ театры өз көринислери менен қатнасты.