2021-жыл 8-февраль сәнесинде Уллы тулға бабамыз Алишер Наӯайының быйыл 580 жыллығы мунәсебети менен Қарақалпақ мәмлекетлик қуӯыршақ театрында М.Бегимов инсценировкасы «Шын елиниң даңқын шығарған гөззал ҳаққында сөз» атлы спектакль премьерасы болып өтти.
Уллы тулға бабамыз ғәзел мулкиниң султаны Алишер Наӯайының быйыл 580 жыллығы Ӯзбекстан Республикасы бойлап кең түрде нышанланып атыр. Неше әсирлер өтседе Алишер Наӯайы бабамыздың бизлерге мийрас етип қалдырып кеткен дәстанлары, ғәзеллери, поэмалары әӯладтан әӯладқа өтип бизлердиң жасап атырған дәӯиримизге шекем жетип келди. Үлкен дәстанлары «Фарҳад ҳәм Ширин» «Лейли Мәжнүн» «Тәхир ҳәм зуҳра» ҳәм басқада дәстанларды жазған. Бир неше поэмаларды бизлерге мийрас қылып қалдырған. Солардың ишиндеги «Шын елиниң даңқын шығарған гоззал» поеэмасын бизиң театрда саҳналастырылды. Гоззаллық бир неше батыр жигитлердиң. хан, патшалардың, жүреклерине дәрт болған. Шын мәмлекетиниң бир гоззалына қаншадан қанша жигитлер ашық болады. Бирақ күнлердиң биринде басқа елдиң патшасы оны бир көргеннен ашық болып қалады. Ханның ҳәмири менен Шын гоззалын ҳәремине қамап қояды. Бир нешше ашық болған жигитлер гоззалды көриӯге барғанда хан ләшкерлери услап алып оларды өлтиреди. Шын гоззалының жүзине қарағанларды хан жәллатқа тапсырады, хәттеки өзиниң бас ӯәзиринеде өлим жазасын буйырады. Күнлердиң биринде бир уста жигит дәрӯиштиң айтып бергени менен Шын гоззалын излеп кетеди. Олда қолға түсип ханның ҳәмири менен Шын гоззалының минарындай минар салдырып қамап қояды. Еки бир бирин сүйген ашықлар минарды жарып қус болып ушып кетеди. Уста салған минар муҳаббат нышаны болып қалады.