Актёрдың тәжирийбелери

By | Monday August 24th, 2020

Кулимов Парахат 1967-жыл 10-сентябрьде Нөкис қаласында туўылған. П.Кулимов театрға болған қызығыўшылығының нәтийжесинде жаңадан шөлкемлестьирилген Қарақалпақ мәмлекетлик қуўыршақ театрына жумыс излеп барады ҳәм театрға сахна устасы лаўазымына жумысқа қабыл етиледи. Ол татрда ислеп жүрип сахналастырылған спектакллердиң қуўыршақлары, сахна безеў жумысларында художниклер менен теңдей жумыс алып барып мийнеттен қашпады. Сахна артында актёрлардың жумыс барысын көрип қуўыршақлар ҳәрекетин үйренди.  Тамашагөйлерди театрға қызықтырыў олардың алдына қалай шығыўды үйренди ҳәм өз үстинде жумыс алып барды. Кейиншелли спектакллерде актёрлардың жетиспеген ўақытларында роллер атқарып өз таланты менен режиссёрлардың нәзерине түсти ҳәм театрға жәрдемши актёр лаўазымына өткерилип бүгүнги күнге шекем усы лаўазымда жемислий мийнет етип театр сырларын қуўыршақлар арқалы тамашагөйлерге жеткерип келмекте.

П.Кулимов театрдағы ең биринши мәртебе Ж.Хожановтың «Жети ықлымға саяхат» спектаклиндеги Мурат образын жаратып режиссёрлардың исенимин ақлай алды.

П.Кулимов жаратқан образларында дослық, садықлық, үлкенге ҳүрмет, кишиге иззет руўхында тәрбиялаўшы қахарманлар образларын жаратты. Солардан, М.Бегимовтың  «Шопан бала» спектаклинде Шайтан,  В.Орловтың «Алтын шөже»де Шөже, С.Михаилковтың «Үш торай» спектаклинде Нуф-Нуф, В.Повловскистиң  «Өтирикши Түлки» спектаклинде Түлки, П.Айтмуратовтың «Балаларға саўға» спектаклинде Ғарры  роли, «Шаряр» спектаклинде Бай,  «Өмирбек Шымбай базарында»де Темирбек, П.Айтмуратов ҳәм М.Бегимовтың «Саҳрадағы дослық» спектаклинде Қасқыр, «Мийнеттиң түби рәҳәт»де Ийт, «Атамнан қалған мийрас»та  Бала, «Батыр қоян»да Айыў, М.Хожанованың «Достыңа жаманлық етпе»де Кирпитикен, Қарақалпақ халық дәстаны тийкарында жазылған М.Бегимов инсцинеровкасы «Қырық қыз» спектаклинде Аллаяр, «Алдаркөсе»де Бай сыяқлы көплеп спектакллерде образлар жаратып олардың характерлерин қүўыршақлар арқалы тамашагөйлерге жеткерип бере алды. П.Кулимовтың усы мийнетлериниң нәтийжесинде “Ардақлаў 2017” таңлаўында “Жылдың ең жақсы театр актёры” номинациясы менен сыйлықланды.

П.Кулимов бүгүнги күнде театрдағы көп жыллық тәжрийбелеринен келип шығып қүўыршақ театры сырларын жасларға үйретип келмекте.

Интернет мақала;Таярлаған театрдың әдебий бөлим баслығы Салтанат Маткеримова