БАЛАЛЫҚТАҒЫ АРЗЫЎЛАРҒА ЕРГЕН ҚЫЗ

By | Monday August 24th, 2020

Балалар еситтиңлерме, ертең мектебимизге театр келеди екен. Театрға кириўди қәлеўшилер ертең ата-аналарыңыздан пул алып келиўди умытпаңлар,-деди муғәллим қоңыраўдан соң. Устазынан театр келиўин еситкен Гоззал өзинде жоқ қуўаныш пенен ойына келген қосықты иш-ишинен айтып үйине қарай жол алды. Ертеңги келетуғын театрға илажын таўып, қалмай кириўди, буның ушын  анасының рухсатын алып, билет ушын пул да сораў керек болады әлбетте, – деп ойлаған Гоззал мектептен күндегиден де ерте қайтып, үй жумысларында анасына көмеклесип, театрға кириў ушын анасының рухсатын ҳәм билет ҳақын алатуғын еди. Балалығыннан ҳинд филмьлерин көриўге қызыққан Гоззал  ҳәттеки оқыўдан қашып кетип те кино көрген күнлерим болған дейди ол. Кино әлемине қызыққаны соншелли  оны көрип отырып ондағы актрисалардың ҳәрекетлерин тәкирарлап, сөзлерин яд алып күнделикли сөзлер орнына айтыпта жүргенлигин яд етеди.

Театрға қызығыўшылығым усылай мектеп ўақытларымнан басланған  дейди театрдың ең жас режиссёрларының бири Далиева Гоззал.

Гоззалдың балалықтағы қызығыўшылығы 2013-жыл Өзбекстан Мәмлекетлик көркем-өнер ҳәм мәденият институты Нөкис филиалына жетелейди.

2017-жыл институттың “Режиссёрлық эстрада ҳәм мәдений тамашалар режиссёрлығы” қәнигелигин тамамлап устазларынан алған билимлерин еле де жетистириў  мақсетинде, оқыўды питирип-ақ театрда актриса болып  жумыс ислей баслады. Тетрда өзиниң талапшаңлығы, актрисалық таланты менен режиссёрлардың исенимин ақлаған Гоззал М.Бегимовтың “Алтын бийдай”ында Қарлығаш, “Қарбабаның саўғасы”ында Қар қызы, Ж.Өтениязовтың  “Жаңа жыл ертеги”нде  Қар қызы сыяқлы спектакльлерде роллерди атқарып шықты.

Гоззал Далиева жас болыўына қарамастан бир-қанша жетискенликлерге ерисип келмекте. Ол театрдағы роли менен шекленип қалмастан Қарақалпақфильм тәрепинен сүўретке алынған ҳүжетли фильмлерде сондай-ақ қарақалпақстан телерадиокомпаниясы  тәрепинен сүўретке алынған қысқа метражлы фильмлеринде де сүўретке түсип өзиниң кино ықласбентлерин де таба алды. Оның М.Нызановтың “Қорған” фильминде Мирбийке, “Макария сулыў”да Макария, Х.Ғаниевтың “Ўәсият”ында  Қыз,  М.Мардановтың “Оқылмаған хат”ында  Муғаллим, Б.Толепованың “Пушайман”да Гоззал сыяқлы образлар жаратып кино ықласбентлериниң нәзерине түсип келмекте. Жас талант ийеси 2018-жыл режиссёрлық жумысына қол урып жәҳән классикалық шығармаларының бири  Ш.Перронның “Қызыл қалпақша” пьесасын рус тилинде сахналастырыўы театр ушын үлкен жаңалық болды. Спектакль тамашагөйлер тәрепинен унамлы күтип алынды. Усы спектакль менен сол жылы 15-20-ноябрь күнлери Ташкент қаласында өткерилген Жас режиссёрлардың  «Дебют-2018» V Республика қөрик-фестивалында “Қызыл қалпақша” спектакли менен қатнасып  диплом менен сыйлықланды.

Келешегинен үмит күттирген жас талант ийеси Гоззал Далиеваны көркем-өнер тараўында буннан да бәлент жетискенликлерге ерисип, балалықтағы арзыўлары оның жолдасы болыўын тилеп қаламыз.

Интернет мақала; Таярлаган театр әдебий бөлим баслығы Салтанат Маткеримова