2018-жыл мениң ушын әўметли жыл болды, Себеби Ташкент қаласында өткерилген Республика қуўыршақ театрларының XI көрик фестивалында М.Бегимовтың қарақалпақ халық дәстаны тийкарында жазылған “Қырық қыз” спектакли менен театр жәмәәти қатнасып сыйлы үшинши орынды алыўға еристи. Театрдың жетискенлиги бул актёрлардың, кәсиплеслеримниң қуўанышының бир бөлеги, – дейди театр актёры Шынғыс Алламбергенов қәсибинен мақтанышлы түрде.
Ш.Алламбергенов театрда ислеген жыллары даўамында оның атқарған образларынан театр ықласбентлери тәрепинен жақсы қарсы алынып, хошаметлерине ерисип келмекте. Оның театр сахнасында жаратқан образлары М.Бегимовтың “Сыйқырлы қоңыраў” спектаклинде Сағал, “Шопан бала”да Шопан бала, “Алтын Бийдай”да Сәримбет, “Қырық қыз”да Журын Таз, “Алдаркөсе”де Алдаркөсе, “Урлыктың түби қорлық”да Бөрибасар, П.Айтмуратовтың “Шарияр” спектаклинде Шарияр ҳәм де “Сахрадағы дослық” спектаклинде Тасбака, “Өмирбек Шымбай базарында” Өмирбек “Батыр қоян”да Айыў,С.Михаилковтың “Үш торай”да Қасқыр, М.Хожанованың “Достыңа Жаманлық етпе”де Кирпи, Е.Сперанскийдиң “Таң қаларлық жарыс”да Баслаўшы, Ж.Хожановтың “Ақ қуў ҳаққында аңыз”да Темирбек, В.Орловтың “Алтын шөже”де Қасқыр, Повловискистиң “Өтирикши Түлкишек”те Түлки, Г.Нурабыллаеваның “Мен өзиме дос таптым”да Сағал, Н.Мақсудованың “Гүлде бүлбил сайрайды”да Жақсыбай, Қ.Матмуратовтың “Ақ Текеш пенен көк Текеш”де Қаскыр, А.Утениязованың “Арал бойындағы ўақыя” Самал ҳүкимдары сыяқлы спектакллерде унамлы ҳәм унамсыз қаҳарманлар образларын қуўыршақлар арқалы жанландырып тамашагөйлерге жеткерип бере алған.
Ш.Алламбергенов жаратқан образлары арқалы бир қанша фестивалларда қатнасып 2009-жыл Өзбекстан Қуўыршақ театрларының VIII-көрик фестивалында “Сахрадағы дослық” спектаклиндеги Тасбақа роли ушын “Ең жақсы актёр” номинациясын қолға киритти. Сондай-ақ, 2016-жыл Театр сахнасында өзиниң тәкрарланбас роллерин жаратып, Республика көлеминде өткерилип киятырған салтанатлы байрам тамашаларында белсене қатнасып жүргени ушын Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Комитет Баслығының Ҳүрмет жарлығы менен сыйлықланды.
Келешекте Ш.Алламбергеновтан жаңа спектакллерде унамлы образлар жаратып қарақалпақ қуўыршақ театр өнерин халық нәзерине усыныўда күш-қуўат тилеп қаламыз.
Интернет мақала; Таярлаган театрдын әдебий бөлим баслығы Салтанат Маткеримова