Алдаркуса театр сахнасида

By | Chorshanba Mart 20th, 2019

Театрда янги сахналаштирилган спектакльнинг ОАВ нинг тахририда. Коракалпогистон Республикаси хабар агентлигининг интернет сахифасидан. 

Ҳәр бир миллеттиң өзине тән сөзге шешен ҳәм ертек қаҳарманлары болады. Мәселен, қарақалпақларда Өмирбек лаққы, өзбеклерде Хожа Насретдин афанди, қазақларда  Алдаркөсе өзлериниң сөзге шешенлиги, лаққылығы менен танылған инсанлар. Олар ҳаққында көплеген аңызлар сақланған.

Спектакльдиң унамлы қаҳарманы Алдаркөсе өзиниң ақыллылығы, тапқырлығы, сөзге шешенлиги менен жарлы адамлардың  байлардан, қарақшылардан ала алмай жүрген мийнет ҳақыларын алып береди.

Спектакльдеги унамсыз қаҳарман Шайтан. Ол адамлар арасына кирип, өзиниң жаман нийетлерин әмелге асырмақшы болады. Буны сезген Алдаркөсе оны да алдайды.

Спектакль театрдың бас режиссёры М.Бегимов тәрепинен сахналастырылған болып, онда актёрлардан Ш.Алламбергенов (Алдаркөсе), Ш.Камалов (ғарры), П.Кулимов (бай), Н.Туреев (Айдарбек, қарақшы), С.Темирханов (шайтан), Ш.Каламов (қарақшы) роллерди шеберлик пенен атқарып шықты.

Спектакль қызықлы ўақыяларға бай болып, жыйналғанларда жақсы тәсир қалдырды. Балаларды жасы үлкенлерди ҳүрмет етиўге, адамларға жәрдем бериўге, мақтаншақ, менмен, уры болмаўға шақырып қалды.