Президентимиздиң бес әҳмийетли басламасының биринши басламасы шеңберинде алып барылып атырған иләжларды жоқары дәрежеде шөлкемлестириўде, қарақалпақ ҳалқының мәденияты, дәстүр ҳәм үрп-әдетлерин жас әўладқа жеткериўде, руўҳый дуньясын байытыўда, әсиресе жасларды инсаныйлық ҳәм жақсылыққа шақырыўда Қарақалпақ мәмлекетлик қуўыршақ театрының қосып атырған салмақлы үлесин итибарға алып ҳәм де «27-март-Халық аралық театрлар күни» мүнәсибети менен Өзбекстан Республикасы Жаслар ислери агентлиги Қарақалпақстан Республикасы басқармасы Қарақалпақ мәмлекетлик қуўыршақ театры жәмәәтине «МИННЕТДАРШЫЛЫҚ» билдирди.