Бәршемизге мәлим районларда ғалаба пахта терими басланды. Бул жылғы пахта терими алдыӊғы жыллардан кескин парқ қылып, еӊ тийкарғысы, мәжбүрий емеслиги, керисинше, ықтыярый қосымша дәрамат табыӯға қаратылғанлығы менен ажыралып турады. Яғный, Ҳүкиметимиз қарарына муӯапық, биринши теримде 1 кг пахта ушын- 800 сӯм, екинши теримде болса, 1 кг пахта ушын- 1000 сӯм етип, анық баҳалар белгиленген болса пахта далаларында теримшилердиӊ аӯқатланыӯы, дем алыӯы ҳәм мийнет етиӯи ушын бәрше қолайлы шәраятлар жаратылған. Усы орында айтып өтиў керек театрда ислеўшилер ықтыйарый түрде Шоманай, Қанлыкөл ҳәм басқада районларға пахта жыйын териминде қол қомек тийкарында барып байлығымыз болған ақ алтынды заяламай териўде өз үлеслерин қосбақта. Усы орында айтып өтиў керек театрда күнлик пахта териминде театр исшилери Акимниязова Гулайым 5 күн даўамында 310 кг, Қутыманов Расул 300 ҳәм Ешмуратова Гулназ 280 кг пахта терип елдиң қырманына өз үлеслерин қосбақта.